avatar
Куч
914.20
Рейтинг
+343.54

Ametov Djandos Sarsenbaevich

Мақолалар

Руўхыйлығымыз қолымызда жеңилмес күшке айлансын.

Ajiniyoz nomidagi NUKUS DAVLAT PEDAGOGIKA INSTITUTI
Илм-фан

      Ғәрезсизлигимиздиң дәслепки жылларында-ақ базар экономикасына тийкарланған раўажланыўдың өзине тән жолына ийе болған ҳуқықый демократиялық мәмлекетти қурыў ҳәм пухаралық жәмийетти қәлиплестириў идеясы баслы ўазыйпа етип белгиленди.


      Соның менен бирге ғәрезсизлигимиз себепли руўхыйлығымыз қайта тикленди, өзлигимизди аңладық, өткенлердиң руўхын шад еттик, кеўил мүлкимизди абат еттик.


       


Президентимиз И.А.Каримовтың «Жоқары мәнәўият - жеңилмес күш» шығармасында мәнәўияттың кең түрде талықланыўы.

Ajiniyoz nomidagi NUKUS DAVLAT PEDAGOGIKA INSTITUTI
Илм-фан

        Елимиз ғәрезсиз мәмлекет болғаннан соң барлық тараўда жаңаланыўлар ҳәм алға илгерлеўлер процесси басланды. Әсиресе руўхыйлық тараўында жүз берген үлкен өзгерислер, бул тараўда қолға киргизилген жетискенликлер әҳмийетлилиги менен ажыралып турады.  


      


Бала ҳуқықларының қорғалыўы- елимиз сиясатының баслы бағдары.

Ajiniyoz nomidagi NUKUS DAVLAT PEDAGOGIKA INSTITUTI
Илм-фан

       Елимизде инсан ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм оның қорғалыўы ең баслы ўазыйпа болып есапланады. Соның ишинде, бала мәплери ҳәм ҳуқықларының қорғалыўы, ержетпегенлердиң ҳуқық ҳәм еркинликлери жоқары қәдирият есапланады.


Республикамызда бала ҳуқықларының қорғалыўының ҳуқықый тийкарын жаратыў бойынша бир қатар нызамлар ҳәм норматив ҳүжжетлер қабыл етилди.


Президентимиз И.Каримов өз шығып сөйлеўлеринде бала ҳуқықларын қорғаў, саў-саламат өсип киятырған жас әўладты тәрбиялаў мәселелериниң мәмлекетимиз ушын стратегиялық әҳмийетин бир неше мәрте атап өткен еди.


       Бала ҳуқықлары ҳәм оның қорғалыўы путкил дүнья мәмлекетлеринде баслы ўазыйпа болып есапланады. БМШ Бас Ассамблеясы тәрепинен 1989 жыл 20-ноябрьде Бала ҳуқықлары ҳаққында Конвенция қабыл етилип, бул ҳуқықый ҳүжжет жәҳәнде бала ҳуқықларын кепиллейди. Мәмлекетимиз қосылған биринши халықаралық ҳүжжетлердиң бири-Бала ҳуқықлары ҳаққында Конвенция болып, елимиз бул Конвенцияны 1992 жыл 9-декабрьде ратификация етти. 1994-жыл 29-июльдан баслап елимизде бул Конвенция нызамлы күшке кирди.


     


Экономикалық теория пәнинен лекция сабақларын шөлкемлестириў усыллары.

Ajiniyoz nomidagi NUKUS DAVLAT PEDAGOGIKA INSTITUTI
Илм-фан

       Экономикалық теория пәни оқытыўшылары өз педагогик тәжирийбелерин бәрҳа асырып барыўы, оны профессионал (санъат) дәрежесине жеткерип барыўы керек. Өз пикирин түсиникли, көргизбели билдире алыўы, жәҳанда ҳәм Республикамыздағы ўақыяларға өз мүнәсебетин билдириўи, таълим бериўге актив қатнаста бола билиўи керек.


Оқытыўшының актив болыўы талаба тәрепинен экономикалық  теорияны үйрениўге актив қатнасты келтирип шығарыўшы дерек.


         Лекция сабақлары әдетте талабадан активликти талап қылмайды. Сабақты өзлестириўде аңсат көринеди, пәнге қызығыўшылық ойанбайды. Машқалалы ҳалатлардың жаратылыўы, анық мысаллар жәрдеминде экономикалық мәселелердиң  шешилиўи, талабаны оқытыўшылыққа қызықтырыў, оның активлигин асырыў, кеңирек пикирлеўге, мақсетке қарап умтылыға, керекли билим ҳәм көнликпелер пайда қылыўға жәрдем береди.


Сондай ақ халқара талапларға мас келиўши мәмлекетимиз келешеги болған жаслардың жоқары экономикалық таълим дәрежесин тәминлеў, бул ўазыйпаны сыпатлы, нәтийжели, түсникли әмелге асырыў экономикалық теорияның тийкарғы ўазыйпасы есапланады.


         Оны  әмелге асырыў оқытыў процесин технологизациялаў, таълим технологияларын ислеп шығыў ҳәм оқыў процесине ендириўди талап қылады.